Көпшилик жасы
үлкен апалар, кемпирлер: «қызымның ямаса баламның баласын мен тәрбиялап өсирип
едим, ҳәзир болса бизлерге қарамай, әке-шешесине кетип қалды, жақсылықты
билмеген» деп көп айтады. Бундай болыўдың басқа психологиялық себеплери де бар
шығар, бәлким…
Әлбетте, себеби, ҳеш нәрсе өз өзинен болмайды. Қандай да бир нәрсениң
жүз бериўине екинши бир себеп бар. Ақлық тәрбиялап атырған кемпирлер көбинесе
ақлықларын жақсы көргенлигинен «ийттиң баласы», «ийттиң туўғаны», «ҳә, ийт ширкин», «жүўернемек» деген
ғарғыслар менен ақлықларын «сыйлайды». Бала болса жақсы сөзди, жақсы сөз айтқан
адамды жақсы көреди. Әлбетте, бундай ғарғысларды апалары, әжелери ақлықларын
жақсы көрмегенлиги себепли айтпайды. Олар жас минген сайын ашыўшақ, шаршағыш
болады. Сол себепли, ақлығының қылықларына шыдай алмай ашыў менен айтыўы ямаса
оны еркелеткен кейипте айтыўы да мүмкин. Бала буны түсинбейди де, кемпир апам
маған жаман сөзлерди айтып, ғарғайбереди деп оннан суўый баслайды. Себеби,
бундай ғарғыслар баланың да кейпиятына тәсир етеди. Ал, баланың әке-шешеси
болса, оның ҳәмме еркеликлерин көтереди. Олар еле жас болғанлығы себепли ондай
ғарғыс сөзлерди билмейди, десек те болады. Сонлықтан да, балалар кемпир апалары
тәрбияласа да, әке-шешесин қаттырақ жақсы көреди.
Тоқпақ
Комментариев нет:
Отправить комментарий