понедельник, 25 марта 2019 г.

Ақлық тәрбиялап атырған әжелердиң кемшилиги

Көпшилик жасы үлкен апалар, кемпирлер: «қызымның ямаса баламның баласын мен тәрбиялап өсирип едим, ҳәзир болса бизлерге қарамай, әке-шешесине кетип қалды, жақсылықты билмеген» деп көп айтады. Бундай болыўдың басқа психологиялық себеплери де бар шығар, бәлким…
Әлбетте, себеби, ҳеш нәрсе өз өзинен болмайды. Қандай да бир нәрсениң жүз бериўине екинши бир себеп бар. Ақлық тәрбиялап атырған кемпирлер көбинесе ақлықларын жақсы көргенлигинен «ийттиң баласы», «ийттиң туўғаны»,  «ҳә, ийт ширкин», «жүўернемек» деген ғарғыслар менен ақлықларын «сыйлайды».  Бала болса жақсы сөзди, жақсы сөз айтқан адамды жақсы көреди. Әлбетте, бундай ғарғысларды апалары, әжелери ақлықларын жақсы көрмегенлиги себепли айтпайды. Олар жас минген сайын ашыўшақ, шаршағыш болады. Сол себепли, ақлығының қылықларына шыдай алмай ашыў менен айтыўы ямаса оны еркелеткен кейипте айтыўы да мүмкин. Бала буны түсинбейди де, кемпир апам маған жаман сөзлерди айтып, ғарғайбереди деп оннан суўый баслайды. Себеби, бундай ғарғыслар баланың да кейпиятына тәсир етеди. Ал, баланың әке-шешеси болса, оның ҳәмме еркеликлерин көтереди. Олар еле жас болғанлығы себепли ондай ғарғыс сөзлерди билмейди, десек те болады. Сонлықтан да, балалар кемпир апалары тәрбияласа да, әке-шешесин қаттырақ жақсы көреди.   


Тоқпақ

воскресенье, 24 марта 2019 г.

«Кимниң баласысаң» ямаса балаларды кишкенелигинен жалатайлыққа таярлаў

Қарақалпақ шаңарақларында көбинесе кишкене балаға «кимниң баласысаң?» деген сораў бериледи. Бала ҳәр сапары ҳәр кимди, көбинесе қасында отырған адамлардың кеўлин алыў ушын солардың атларын айтыўы анық. Айырым ўақытлары ол атасының, айырым ўақытта әжесин, олар қасында болмаса әкеси ямаса анасын айтады. Ҳәмме бирге дәстурхан басында отырған ўақытлары бала «паленшениң» деп олардан бирин таңласа, қалғанлардың ҳәммеси өкпелеген кейип билдиреди. Бул болса баланың минез-қулқына тәсир етпеспекен? Бул әпиўайы сораў, әпиўайы жағдайдай түйилиўи мүмкин. Бирақ…
Биз бул ҳәрекет пенен баланы жалатайлыққа баслап атырған болмаймыз ба? Себеби, ол қасында отырған адамды көрсетип, соның баласыман деген жуўапты береди. Бул арқалы бала сол адамның кеўлин көтермекши болып, соған жағыныўды ойлайды. Бул әдет бала өскен сайын жалатайлық характерге себеп болыўын ҳеш ким ойламайды. Бала үлкейгеннен соң, оқыўға түседи, жумысқа киреди. Бундай тәрбия алған балаларда сол ўақытлары онда баслығына ямаса кәсиплеслерине жалатайлық пенен мүнәсибетте болыўы турған гәп. Бүгиннен баслап баламызға дурыс тәрбия берейик.

Тоқпақ